ДЫҚҚАТ,ДЫҚҚАТ!
Ѳзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нѳкис филиалы тѳмендеги бағдарлар бойынша тѳлемли (пуллы) таярлаў курсларға қабыллаў басланғанлығын дағазалайды.

  1. Көркем өнер таныў (музыкатаныў);
  2. Дирижёрлық (академиялық хор дирижёрлығы)
  3. Вокал көркем өнери (академиялық қосықшылық)
  4. Саз атқарыўшылығы (тарлы, демли ҳәм урма, халық сазлары, фортепиано саз-әспаблары бойынша)

Усы қәнигеликлер бойынша оқыўды қәлеўшилер қәнигелер тәрепинен сәўбет тийкарында таңлап алынады.
Бул оқыў курслары дѳретиўшилик имтиханлар нәтийжесинде консерваторияға оқыўға кире алмаған абитуриентлер, сондай-ақ музыка мектеплеринде оқып атырған питкериўшилердиң қәсиплик билим ҳәм көнликпелерин арттырыў ҳәм беккемлеўге имканият жаратады.
Курсларға ҳүжжетлер тѳмендеги тәртипте қабыл етиледи.
1.Филиал директоры атына арза
2.Паспорт нусқасы
3.Диплом (қосымшасы менен) яки орта арнаўлы билимге ийе екенлги ҳаққында аттестаттың түп нусқасы. (Питкериўшилер ушын оқыу орнынан мағлыўматнама)

Ҳүжжетлер 2022-жылдың 20-декабринен 2023-жылдың 10-январьна шекем қабылланады.

Қосымша мағлыўмат ушын телефонлар:
+998 90 593 26 21
+998 90 595 53 55